Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Сабақ ўақтында оқыўшы телефоннан пайдаланса не қылыў керек? Нызамшылық буған не дейди?

15 ноябрь 2023 йил
image

Әмелдеги тәртипке көре оқыўшы сабақ ўақтында яки мектеп аймағында мобил телефоннан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўин бәрше педагоглар, солар қатарында класс басшылары да жеке қадағалайды.

Оқытыўшы тәрепинен ескертилиўине қарамастан, сабақ процесинде телефоннан пайдаланыў жағдайлары даўам еткенде, пән оқытыўшысы, класс басшысы, директор орынбасары, психолог (инспектор-психолог) қатнасыўында оқыўшының телефоны (смартфон, планшет ҳәм басқа қурылмалар) алып қойылады ҳәм жағдай жүзесинен мектеп директоры ҳәмде оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллерине ескертиледи. Мектептиң "Шаңарақ-мәҳалле-билимлендириў мәкемеси" бирге ислесиўи, Жәмәәт кеңеси ҳәм Бақлаў кеңеси ағзалары қатнасында жағдай додаланып, тийисли түсиндириўлер алып барылғаннан соң, мобил байланыс қурылмалары оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллерине қайтарып бериледи.

Бундай жағдай оқыў жылы даўамында бир оқыўшы тәрепинен еки ҳәм оннан артық мәрте тәкирарланса, оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьясы тийкарында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады, оқыўшы ишки ислер органларының профилактикалық дизимине алынады.  (https://t.me/Yurist_Awezbekov/331)

Тийкар: Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2023 жыл 31 августтағы 282-санлы буйрығы.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm