Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

ҲАЎА РАЙЫНЫҢ СУЎЫТҚАНЛЫҒЫ ЯМАСА КҮННИҢ ҚЫСҚАРЫП КЕТКЕНЛИГИ СЕБЕПЛИ МЕКТЕПТЕГИ САБАҚ ЎАҚТЫН 45 МИНУТТАН 40 МИНУТҚА ШЕКЕМ ҚЫСҚАРТЫРЫЎҒА БОЛАМА?

15 ноябрь 2023 йил
image

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў ҳаққында»ғы https://lex.uz/docs/3137130 Режениң 25-бәнтинде билимлендириȳ мекемелеринде оқыȳ-тәрбия процессин шөлкемлестириȳдеги анық мүддетлер белгилеп берилген.

 

Яғный, билимлендириȳ мекемелеринде оқыȳ-тәрбия процессин шөлкемлестириȳде төмендеги мүддетлерге толық әмел етиледи:

 

➡️ оқыў жылының даўам етиў ўақты — 34 ҳәпте (1-класслар ушын 33 ҳәпте);

 

 ➡️ оқыў ҳәптесиниң даўам етиў ўақты — 6 күн (педагогикалық кеңестиң шешимине көре 1-4-класслар ушын 5 күн);

 

 ➡️ сабақтың даўам етиў ўақты — 45 минут ;

 

 ➡️ сабақ шынығыўлары аралығындағы тәнепистиң даўам етиў ўақты — 5-10 минута (оқыў күни ортасындағы тәнепистиң даўам етиў ўақты — 15-30 минут).

 

 ❗️Мектеп администрациясы жоқарыда белгилеп берилген мүддетлерге толық әмел етиȳи зәрүр. Жуўмақластырып айтқанда, сабақ ўақтын 45 минуттан 40 минутқа қысқартырыȳ мүмкин емес. Бирақ сабақ шынығыўлары аралығындағы тәнепислердиң даўам етиў ўақтын 5 минутқа шекем қысқартырыȳ мүмкин.

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm