Янгиликлар
Мәмлекетлик уйымлар пуқаралардың арзаларына неше күнде жуўап бериўи керек?
15 ноябрь 2023 йил✔️«Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамның 25 ҳәм 28-статьяларына тийкар, арза ҳәм шағым (мүрәжат) мәмлекетлик уйымға келип түскен күннен баслап 15 күн ишинде қарап шығылады. (https://t.me/huqiqiymalimleme/7935)
✔️Егер усы мүрәжат бойынша қосымша үйрениў ямаса тексериў, қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў керек болса, онда мүрәжат 1 ай ишинде қарап шығылады.
✔️Мүрәжат бойынша қосымша тексериў өткериў, материалларды сорап алыў ямаса басқа илажларды көриў керек болғанда жағдайда, мүрәжатты қарап шығыў мүддети сол уйымның баслығы тәрепинен және 1 айға создырылыўы мүмкин.
✔️Мүрәжатты қарап шығыў екинши айға создырылғанда бул ҳаққында мүрәжат ийесине жазба түрде хабар бериледи.
✔️Егер мүрәжатты шағымды қарап шығыў ол жиберилген уйымның ўәкиллигине кирмейтуғын болса, яғный ол уйым мүрәжаттағы мәселени шешиў ҳуқықына ийе болмаса, онда бул мүрәжат 5 күнниң ишинде мәселени шешиў ҳуқықыйна ийе болған мәмлекетлик уйымға жиберилиўи тийис. Бул ҳаққында мүрәжат ийесине де әлбетте, жазба түрде хабар берилиўи керек. Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme/7935