Янгиликлар
Баслы мәселе - билим сапасын жақсылаӯ
2 ноябрь 2023 йилӨзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң 2023-жыл 18-майдағы 130-санлы буйрығыңың орынланыӯы бойынша билим сапасы жоқары болмаған мектеплер анықланды. Нәтийжеде бул мектеплер қатарында Қарақалпақстан Республикасындағы жәми 33 улыӯма билим бериӯ мектеби билим сапасы жоқары болмаған мектеплер қатарына киргизилди. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң мәжилислер залында усы билим сапасы жоқары болмаған мектеплердиң директорлары менен мәжилис өткерилди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министриниң биринши орынбасары, министрликтиң бөлим баслықлары, тийисли жуӯапкер хызметкерлер ҳәм мектеп директорлары қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министриниң биринши орынбасары А.Даулетбаев басқарып барды.
Мәжилисте билим сапасы жоқары болмаған мектеплердеги машқалаларды үйрениӯ ҳәм оны сапластырыӯ ҳәмде анық методологиялық ҳәм әмелий жумысларды даӯам еттириӯ бойынша мәселелер үйренилди.
Сондай-ақ, мәжилисте анықланған кемшиликлерди өз ӯақтында сапластырыӯ менен бирге рейтинг көрсеткишлерди жоқары дәрежеге алып шығыӯ бойынша усыныслар берилди.
Атап айтқанда, билим сапасы жоқары болмаған жәми 33 мектепте Нөкис Президент мектеби ҳәм қәнигелестирилген мектеплер менен биргеликте методик тур шөлкемлестириӯ, қалаберсе бул мектеплердиң алдағы билим сапасын жақсылаӯ бойынша келешек режелерин тастыйықлап бериӯ көрсетпелери де берилди.