Янгиликлар
"Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов 75 жаста" атамасында нуранийлар менен ушрасыӯ кеше өткерилди
20 декабрь 2022 йилПайтахтымыздағы 19-санлы мектепте ҳәм де Беруний районындағы 51- ҳәм 69-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың туӯылғанына 75 жыл толыӯы мүнәсибети менен "Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов 75 жаста" атамасында нуранийлар менен ушрасыӯ кеше өткерилди.
Пайтахтымыздағы 19-санлы мектепте ҳәм де Беруний районындағы 51- ҳәм 69-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың туӯылғанына 75 жыл толыӯы мүнәсибети менен "Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов 75 жаста" атамасында нуранийлар менен ушрасыӯ кеше өткерилди.
Атап өтилгениндей, республикамыздың гүллеп-раўажланыўында Муса Тажетдиновичтиң хызметлери айрықша. Ол өмириниң ақырына шекем өзиниң бар билимин ҳәм тәжирийбесин Қарақалпақстан Республикасының абат болыўына, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге жумсады. Оның өмири ҳәм дөретиўшилик хызметлери бәршемиз, соның ишинде, келешек жасларымыз ушын үлкен турмыс мектеби болып, оларды Ўатанды сүйиўшиликке тәрбиялаўға, мәрт ҳәм садық инсанлар болып ержетиўине хызмет етеди.
Инсан өмирге келгеннен кейин өзинен жақсы ат, өшпес из қалдырады. Қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы Муса Ерниязов мине усындай жақсылық жыршысы, халықшыл, мәрт қарақалпақ перзенти еди.
Жақсыларды еслеў, олардың руўхын шад етиў, халқымызға тән инсаныйлық пазыйлетлерден бири. Республикамыз басшысының естелиги ҳәр биримиздиң жүрегимизде мәңги сақланады.