Янгиликлар
МИНИСТРЛИКТИӉ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ
30 октябрь 2023 йилБүгин, 30-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң мәжилислер залында министрликтиң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министри, министрдиң биринши орынбасары, министрликтиң бөлим баслықлары, район(қала)лық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ бөлими баслықлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министри Г.Кожабаева басқарып барды. Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министриниң биринши орынбасары лаӯазымына тайынланған А.Даулетбаевты қутлықлады ҳәм мәжилис қатнасыӯшыларына таныстырды.
Мәжилисте мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ мекемелериндеги ысытыӯ қазанларының гүз-қыс мәӯсимине таярлық жумыслары, жеткерилип берилген көмирлердиң сақланыӯ жағдайлары қысқы жылытыў мәўсимин шығынсыз ҳәм қәўипсиз өткериў ҳәм билимлендириў мекемелериндеги ишки мийнет тәртиби, атқарыўшылық тәртибине әмел етиў мәселелери сөз етилди ҳәм тийисли көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, мәжлисте билимлендириўдиң сапасы, муғаллимлердиң потенциалы ҳәм мектеплерде балалар тәрбиясы, қатнас, руўхый орталық, мектеп филиалларының жағдайы, оқыӯшылардың пәнлер олимпиадаларына қатнасы, мектеплерди сабақлықлар менен тәмийинлеӯ бойынша ҳәм оқытыў методикасының бүгинги күндеги жағдайы да сөз етилди.
Атап айтқанда, мәжилисте Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен республикамыздың ҳәр бир аймағын, мәҳәллесин, көшесин абаданластырыў мақсетинде ҳәр жылы өткерилиӯи дәстүрге айланған «Жасыл мәкан» акциясын шөлкемлескенлик дәрежеде өткериӯ, «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде алып барылып атырған дөгерек жумыслары, оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар, оқыӯшыларды қамтыӯ мәселелери, баслаӯыш класс оқыӯшылары ҳәм мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлериндеги балалар ушын берилип атырған азық-аӯқат өнимлериниң сапасы ҳәм де физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип атырған мүрәжатлар туӯралы да айтып өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте қатнасыўшылардыӊ пикир-усыныслары да тыӊланып, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.