Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Министр жанындағы гезектен тысқары өндирислик мәжилиси болып өтти

16 октябрь 2023 йил
image

           Бүгин, 16-октябрь күни 2023-2024-оқыў жылында билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм де алдағы ўазыйпалар ҳаққында министр жанындағы гезектен тысқары өндирислик мәжилиси болып өтти.

           Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри ўазыйпасын атқарыўшы Г.Кожабаева алып барды ҳәм ол өз сөзинде Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, педагог қәнигелер менен қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти. Соның менен бирге, тараўды буннан былай да жетилистириў, билимлендириўди раўажландырыў бойынша қабыл етилген Президент пәрманы менен қарарының, елимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясатының мазмун-мәниси бойынша да кең түрде тоқтап өтти.

Буннан соң, Республикалық билимлендириӯ орайы директоры Қ.Жубанов сөзге шығып, мектеп оқыўшыларына еки шет тили ҳәм де заманагөй кәсиплерди үйретиў бойынша тәжрийбе сынаўды (17 мектепте) шөлкемлестириў жумысларының барысы туӯралы айтып өтти.

Сондай-ақ, мәжилисте коррупцияның алдын алыўға қаратылған ҳәмде атқарыўшылық тәртиби, мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының нәтийжелилигин еледе жеделлестириў, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2023-жыл 29-сентябрьдеги 14/2-16934-санлы усынысы менен Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳәм оған алып келиўши шарт-шараятларды сапластырыў бойынша илажлар көриў (сабақ бөлистириў, класс комплектлеў, вакант орын, коэффицент ), баслаўыш класс оқыўшыларын кейтеринг усылында аўқатландырыўды шөлкемлестириў барысы, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2023-жыл 31-августтағы «Улыўма орта билим бериў мәкемесиниң жетилистирилген үлги түриндеги әдеп-икрамлылық қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 282-санлы буйрығында белгиленген ўазыпалардың орынланыў барысы, ҳәм билимлендириў мәкемелерин 2023-2024-жылларда гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм де қурылыс оңлаў жумысларының барысы туӯралы да атап өтилди.

Мәжилисте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған тийисли усыныслар ҳәм тапсырмалар берилди.

 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm