Янгиликлар
Заманагөй билимлендириў дәӯир талабы
28 сентябрь 2023 йилБүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың орынларда әмелге асырылыўын тәмийинлеў, келешегимиз болған жасларымызға сапалы билим бериў, муғаллим ҳәм устазларды улығлаў мəселелери мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Сонлықтан да, буннан 7-8 жыл бурынғы мектеп директорлары менен муғаллимлердиң жумыслары ҳəм оқыў орынларындағы шараятларды бүгинги күн менен улыўма салыстырып болмайды.
Себеби, Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей, «Муғаллимниң абырай-итибары – бул ең дәслеп миллеттиң, пүткил халықтың абырай-итибары болып табылады», деген баҳалы пикирлер ҳəзир турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта.
Өзлериңиз жақсы билесизлер, халқымыз əзелден муғаллим ҳәм устаз дегенде ең дәслеп терең билимге ийе, пикирлеў дүньясы кең, өзин услап-тутыў ҳəм сөйлеў мəденияты менен ажыралып туратуғын, басқаларға өрнек болатуғын, ең тийкарғысы, өз өмирин перзент тəрбиясы ҳəм оның камалына бағышлаған саўаплы кәсип ийелерин көз алдына келтиреди.
Сонлықтан-да, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыўға, муғаллимлердиң жəмийеттеги абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға ҳəм жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бәршемизге мәлим, усы жылдың 28-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мектеп билимлендириўи тараўын еле де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда, билимлендириў сапасын арттырыў мақсетинде республика бойынша 500 мектепте Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң оқыў бағдарламасын, баҳалаў системасын енгизиў, бунда Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплер оларға “таяныш мектеп” болыўы, келеси оқыў жылынан кадрлар жетиспейтуғын, аўыр мектеплер алдыннан таңланып, олар ушын мақсетли мәмлекетлик буйыртпаны енгизиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Соның менен бир қатарда, 2023-жыл октябрден баслап бир айда еки мәрте мәкан пуқаралар жыйыны баслығы тәрепинен мәҳәлле аймағындағы мектепте перзентлериниң тәлим-тәрбиясы бойынша ата-аналар мәжилисин шөлкемлестириў, ҳәр алты айда мәкан пуқаралар жыйыны баслығы ата-аналарға минезлеме жазыў тәртибин енгизиў, 2025-жыл 1-июньға шекем “Хорезм тәжирийбеси” тийкарында жоқары класс оқыўшыларын санлы технологиялар тийкарында кәсипке таярлаў бойынша “Мухаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары” системасын басқышпа-басқыш басқа аймақларда енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў, оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәмде мектепти питкергеннен соң олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәким, ата-ана ҳәм мектеп директоры арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиў тәжирийбесин енгизиў, 2025-2026-оқыў жылынан баслап басқышпа-басқыш кәсиплик сертификат алыў миннети барлық муғаллимлер ушын енгизиў, ҳәр бес жылда бир мәрте мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларын сертификациядан өткериў, сертификациядан өте алмаған директорлар менен дүзилген мийнет шәртнамаларын бийкар етиў, директор лаўазымы ушын 1000 резерв кадларды қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Әлбетте, жақын жыллар ишинде әмелге асырылыўы нәзерде тутылған бул ўазыйпалар тараў жумысларын жаңа басқышларға алып шығыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынлығына беккем исенемиз.
Мектеп билимлендириўи тараўын раўажландырыў бойынша Қарақалпақстанда да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Яғный, соңғы еки жылдың ишинде бир қатар билимлендириў объектлери жаңадан қурылды.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында, «Алланияз Қаҳарман» ҳәм «Бағшылық» пуқаралар жыйынлары аймағында 2 жаңа мектеп имараты;
- Кегейли районы, «Ақтуба» пуқаралар жыйыны аймағында 330 орынлық жаңа мектеп имараты;
- Қараөзек районы, «Есим» пуқаралар жыйыны аймағында 330 орынлық жаңа мектеп имараты қурып питкерилди.
Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында (22.06.2023-ж. 1235-санлы) 3 мектепте 13,6 млрд. сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды (Кегейлидеги 10-санлы, Тахтакөпирдеги 2-санлы ҳәм Әмиўдәрьядағы 45-санлы мектеплер).
Сондай-ақ, ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигине қараслы билимлендириў мекемелеринде көп жыллардан берли жемисли мийнет етип киятырған педагог-хызметкерлер мәмлекетлик атақлар, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланбақта.
Бир ғана быйылғы жылдың өзинде мектеп билимлендириўи тараўындағы 38 пидайы хызметкеримиз Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлығын, көкирек белгилерин ҳəм «Ҳүрмет жарлығы»н алыўға миясар болды. (1 мәмлекетлик атақ, 35 көкирек белгиси, 2 «Ҳүрмет жарлығы»).
Пурсаттан пайдаланып, Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар! Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жәмәәти атынан жақынласып қалған кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, перзент тәрбиясындай машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер, тасқын табыслар тилеймиз.
Наримбетов Ахмед Караматдинович
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри