Янгиликлар
Турақ жай алыў ушын қайсы категориядағы муғаллимлерге субсидия бериледи?
18 сентябрь 2023 йилХабарыңыз бар, усы жылдың 13-апрелинде мәмлекетимиз басшысының «2023-жылы базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабылланды. https://www.lex.uz/uz/docs/6433775
Усы пәрман менен базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде ипотека кредити ушын субсидияға арзаларды 2023-жыл 1-майдан қабыллаў басланды.
Пәрман тийкарында муғаллимлердиң айырым категорияларына жеңиллетилген тийкарда субсидия ажыратылатуғыны белгиленди. Жеңилликтен пайдаланыўшы муғаллимлер категориясына профессионал билимлендириў шөлкемлериниң инженерлик, қайта ислеў ҳәм қурылыс тараўында сабақ берип атырған ямаса оқыў әмелиятын өткерип атырған муғаллимлер ҳәм билимлендириў усталары жеңиллетилген шәртлерде субсидия алады.