Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Стажёр-муғаллимлерди жумысқа қабыл етиў тәртиби ислеп шығылды

16 сентябрь 2023 йил
image

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманы тийкарында 2023/2024-оқыў жылынан баслап педагогикалық кәсиплерге биринши мәрте жумысқа қабыл етилетуғын жоқары мағлыўматлы талабанлар стажёр-муғаллим болып жумыс алып барыўы белгиленген.

Усы мүнасибет пенен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрилиги тәрепинен стажёр-муғаллимлерди жумысқа қабыл етиў бойынша тийисли көрсетпе ислеп шығылды.

Оған бола, дәслепки мәрте жумысқа қабыл етилген стажёр-муғаллимлерден жумысқа қабыл етилген ўақыттан баслап бир жыл мүддет даўамында кәсиплик сертификатқа ийе болыўы талап етиледи. Стажёр-муғаллимлерге олар кәсиплик сертификат аламан дегенге шекем жоқары мағлыўматлы муғаллимниң базалық ставкасы қолланылады.

«Муғаллим-стажёр» менен Мийнет кодексиниң 104-статьясына муўапық мийнет шәртнамасына киргизилиўи шәрт болған жағдайлар, сондай-ақ, муғаллим-стажёрлардың бир жыл даўамында кәсиплик сертификат алыўы миннетлемеси көрсетилген жағдайда мийнет шәртнамасы дүзиледи.

Усы мүнәсибет пенен, министрликтиң 2023-жыл 9-августтағы тийисли хаты менен муғаллим-стажёрларды жумысқа қабыл етиўди усы көрсетпелерге муўапық әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленди.

 

 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm