Усы жыл 11-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун–мәнисин түсиндириўге бағышланған оқыў–семинары шөлкемлестирилди.
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен тийисли шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға министрликлер, шөлкемлер, олардың қалалық ҳәм районлық бөлимлери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет – басқарыўда конституциялық нормалардың орынланыўын толық тәмийинлеў, оларды мәмлекетлик хызметкердиң ҳәр күнлик жумысына енгизиўден ибарат.
Илаж даўамында мәмлекетлик хызметкерлерге жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў бойынша министрлик ҳәм шөлкемлерде әмелге асырылатуғын биринши гезектеги баслы ўазыйпалар, Конституцияның тийкарғы принциплери, инсан ҳәм пуқараның тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери, миннетлери, жәмийет ҳәм шахс мәселелери, Конституцияда мәмлекетлик ҳәкимияттың шөлкемлестирилиўи ҳәм сайлаў системасындағы фундаментал ўазыйпалар темаларында экспертлер тәрепинен баянат және презентациялар исленди.
Қатнасыўшылар Конституция қағыйдалары ҳәм оларды күнделикли жумысында қолланыў мәселелери бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға экспертлерден жуўап алды, сондай-ақ пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги