Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Енди "социаллық хызмет жумысы"н жүргизиў тәртиби енгизиледи, ол қандай әмелият?

12 сентябрь 2023 йил
image

Бул ҳаққында Президентимиздиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги "Өзбекстан-2030" стратегиясын 2023-жылда сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарында мәлим етилди.

Қарарға муўапық, 2023-жыл 1-октябрьден баслап аўыр турмыслық жағдайға түскен яки түсиў қәўпи жоқары болған ҳәр бир шаңарақ бойынша өз алдына «социаллық хызмет көрсетиў жумысы»н жүргизиў тәртиби әмелиятқа енгизиледи. Бунда усы шаңарақларда шәраятты жақсылаў, оларға емлениў, дәри қураллары менен тәмийинлеў, перзентлерин мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлерине жайластырыў, материаллық жәрдем бериў сыяқлы социаллық хызметлер көрсетиў нәзерде тутылады.

Сондай-ақ, 2024-жыл 1-январьдан баслап, Ташкент қаласының медицина шөлкемлеринде мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер көлеми ҳәм дәри қураллары дизимин әмелиятқа енгизиўди нәзерде тутыўшы мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Майыплығы болған шахсларды протез-ортопедия буйымлары, реабилитация ҳәм дәри қураллары менен тәмийинлеў жумыслары "ваучер" системасы тийкарында басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи. Бунда майыплығы болған шахсларға товар ҳәм хызметлерди өзлери таңлаған жеткерип бериўшиден сатып алыў имканияты жаратылады ҳәм олардың қәрежетлери Мәмлекет бюджети қәрежетлери есабынан қаплап бериледи.

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm