Янгиликлар
"II УСТАЗЛАР МИЛЛИЙ ФОРУМЫ"НЫҢ РЕСПУБЛИКАЛЫҚ БАСҚЫШЫ БОЛЫП ӨТТИ
18 август 2023 йил️Пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлиги ҳәм Республикалық билимлендириӯ орайы тәрепинен «Сыпатлы билимлендириӯ – күшли жәмийет» сүрени астында билимлендириӯ тараӯы хызметкерлериниң Республикалық II Устазлар миллий форумы болып өтти.
️Илажда Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң хызметкерлери, районлық ҳәм қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, методистлери, мектеп директорлары ҳәм де барлық мектеплерден тәжирийбели педагоглар қатнасты.
️"II Устазлар миллий форумы"н өткериӯдеги мақсет – жаңа оқыў жылы алдынан билимлендириў мәкемелериниң өткен оқыў жылы даўамында ерискен нәтийжелерин ҳәм кемшиликлерди талқылаў, алда турған ўазыйпаларды белгилеп алыўдан ибарат.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Өтемуратовлар қатнасты.
️Илажды Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Ахмед Наримбетов басқарып барды. Илажда шығып сөйлеӯшилер елимизде билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў, заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер техникасы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў бойынша жумысларды әмелге асырыў арқалы олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыӯшылардың интеллектуаллық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан раўажланыўы ушын усы мәкемелердеги шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў, педагоглардың ҳәм қәнигелердиң билим дәрежесин арттырыў, улыўма орта билим бериўдиң сапасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, оқыӯшыларға заманагөй билим бериў ҳәм оқытыўдың сапасын баҳалаўдың халықаралық стандартларын енгизиў бойынша алда турған ўазыйпалар да айтып өтти.
– Дәстүрий илажда билимлендириў тараўы хызметкерлериниң жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў, 2022-2023-оқыў жылы жуўмақлары бойынша өткерилген билим бериў сапасы мониторинги, пән олимпиадаларында оқыўшылардың билимлеринде анықланған бослықлар ҳәм оларды толықтырыў бойынша усыныслар берилип, муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, алдыңғы тәжирийбелерди ен жайдырыў арқалы жаңа оқыў жылында тәлим-тәрбия сапасын еле де арттырыў бойынша баслы ўазыйпаларды белгилеп алыў тийкарғы мақсет етип қойылды,-дейди Республикалық билимлендириӯ орайы директоры Қ.Жубанов
️Илажда қатнасыўшылар менен өз-ара сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди ҳәм олардың усыныслары тыңланып, бүгинги күн талабынан келип шығып тийисли ўазыйпалар белгиленди.