Янгиликлар
Алыс аймақларда жайласқан мектепке барып, жумыс ислемекши болған оқытыӯшыға қандай жеңиллик ҳәм қосымша төлемлер бар?
26 июль 2023 йил2019-жыл 7-июньда Министрлер Кабинетиниң «Алыс аймақларда жайласқан улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлердиң мийнетин және де хошаметлеӯ ҳаққында» 471-санлы қарары тастыйықланды.
Бул қарарға бола, алыс аймақларда жайласқан улыӯма орта билим бериӯ мәкемелеринде басқа аймақлардан келип ислеп атырған педагог хызметкерлердиң базалық тариф ставкаларына ис стажынан келип шығып төмендеги муғдарда үстемелер төленеди:
6 айдан — 3 жылға шекем мийнет стажына ийе болған оқытыӯшыға 10 пайыз;
3 жылдан — 5 жылға шекем мийнет стажына ийе болған оқытыӯшыға 20 пайыз;
5 жылдан —10 жылға шекем мийнет стажына ийе болған оқытыӯшыға 30 пайыз;
10 жылдан — 15 жылға шекем мийнет стажына ийе болған оқытыӯшыға 40 пайыз;
15 жылдан артық мийнет стажына ийе болған оқытыӯшыға болса, 50 пайыз үстеме төлеп бериледи.
❕Бул еле ҳәммеси емес. Яғный, алыс аймақтағы мектепке барып ислемекши болған оқытыӯшыларды және де хошаметлеӯ ушын 2021-жыл 11-январьда Президенттиң ПҚ-4940-санлы қарары тастыйықланды.
Оған бола, 2021-жыл 1-январьдан баслап алыс аймақларда жайласқан бюджет мекемелерине басқа аймақлардан келип мийнет жумысын әмелге асырыӯ ушын келген оқытыӯшыларға базалық есаплаӯ муғдарының 50 есеси муғдарында бир мәртелик басланғыш жәрдем пулы ҳәм үй-жайларды ижараға алғанлығы (ижарада турғанлығы) ушын базалық есаплаӯ муғдарының 2 есеси муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы төлеп бериӯ жолға қойылған.
❗️Еслетип өтемиз, алыс ҳәм шетки аймақ дегенде, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдағы 471-санлы қарары менен тастыйықланған улыӯма орта билим бериӯ мәкемелеринде басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлерге арнаӯлы үстеме белгиленетуғын аймақлар түсиниледи. Аймақлар дизими төменде берилген.