Янгиликлар
2023-2024-оқыў жылынан баслап мектеп директорларына қандай ўәкилликлер бериледи?
26 июль 2023 йилПрезиденттиң 2023-жыл, 26-май күнги ПП-79-санлы Пәрманы менен, 2023-жыл 1-сентябрьден:
➡️Улыўма орта билим бериў мәкемелери директорларына өз орынбасарларын жумысқа қабыллаў ҳәм босатыў, ажыратылған улыўмалық саатлар шеңберинде оқыў жобаларына 15 пайызға шекем өзгерис киргизиў мәселелерин ғәрезсиз шешиў ҳуқықы бериледи.
➡️Район(қала)лық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимлериниң улыўма орта билим бериў мәкемелери жумысын тексериў және билимлендириў сапасын баҳалаў бойынша ўәкиллиги бийкар етиледи.
➡️Қарақалпақстан Республикасы, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ең тәжирийбели улыӯма орта билим бериӯ мәкемелери директорларынан ибарат болған Директорлар кеңеслери дүзиледи.
➡️ Улыӯма орта билим бериӯ мәкемелери директорларын лаӯазымға тайынлаӯ Директорлар кеңеси усынысына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлиги, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ басқармалары тәрепинен ашық таңлаӯ тийкарында әмелге асырылады.