Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Коррупцияға қарсы гүресиўди жәнеде күшейтиў, коррупцияның алдын алыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди

14 июнь 2023 йил
image

Усы жылдың 13-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң мәжилислер залында θзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2023-жыл 8-июнь 03-01/5-2126  санлы хаты ҳәм тараўда Коррупцияға қарсы гүресиўди жәнеде күшейтиў, коррупцияның алдын алыў мәселелерине арналған ZOOM бағдарламасы тийкарында мәжилис өткерилди.

Мәжилиске министр орынбасарлары ҳәм бөлим баслықлары мәжилис залынан, район(қала)лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ бөлими баслықлары, орынбасарлары ҳәм хызметкерлери орынларда қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри орынбасары А.Ережепов ашып берди ҳәм алып барди.

Ол бүгинги күнде билимлендириў тараўында жол қойылған қәте кемшиликлерди сапластырыў,  билимлендириў тараўында жүз берип атырған нызамсыз ҳәрекетлер,  муғаллимлер,  ата-аналардың наразылықларын келтирип шығыўына себеп болып атырғанлығын айтып өтти.

θзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары талапларының орынланыўын басшылыққа алыў бойынша тапсырмалар берип өтти.

Соң  Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў бөлими бас қанигеси Ш.Бабаназарова сөзге шығып,  бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде қабил етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, нызамда белгиленген талаплардың орынланыӯында кемшиликлер ушырастып атырғанлығы сондай-ақ,  бүгинги күндеги келип түскен мүрәжатшылардың басым көпшилиги нызамсыз пул жыйнаўлар, сабақлардың бөлистирилиӯинде директор ҳәм директор орынбасарларының нызамсыз ис-ҳәрекетлери үстинен шағым арзаларының көп келип түскенлигин,  көпшилик мурәжатларды үйрениў нәтийжесинде қәте кемшиликлердың анықланғанлығы сынға алып өтти.

Соң сөзди министрликтиң тәрбиялық ислери бойынша бөлим баслығы Р.Тәңирбергенов шығып сөйлеп,  ҳәр бир мекемеде әдеп-икрамлылық комиссиясы дүзилип, барлық мәмлекет хызметкерлери усы қағыйдаларға әмел етиўи кереклиги, бүгинги күнде билимлендириў мәкемелриндеги унамсыз жағдайлар,  ишки тәртип қағыйдалардың бузылыўы,  бир биреўге ҳүрмет,  кәсип мәдениятын жетилистириў бойынша еледе кең түсиник жумысларын алып барыў кереклигин айтып ҳәм тийисли қәнигелерге тапсырмалар берип өтти.

Қарақалпақстан Республикасы МШМБМ педагог кадрлардың билимин раўажландырыў сектоты методисти Г.Абибуллайева сөзге шығып,  ол бүгинги күн маселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги мәселеге айланғанғанлы, бүгинги күнде айырым мәмлекет хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери ашық суд мәжилислерде додаланып атырғанлығын айтып өтти.

Бүгинги күн тәртибиинде 2017-жыл  3-январьда Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамы,  «Мәмлекет пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы Нызамы,  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрдеги 595-санлы қарары,  Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы  140-санлы қарары талапларының мазмун-мәнис қарар талаплары орынланыўы, елимиздеги қабыл етилип атырған басқада нызамлар бойынша да қатнасыўшылардың сораўларына жуўап берип өтти. Жыйналыс даўамында қатнасыўшылар тәрепинен өзлерин қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар алды ҳәм де мәжилисте қатнасыўшылардыӊ пикир-усыныслары да тыӊланды.

Мәжилисте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm