Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Коррупцияға қарсы илажлар турақлы түрде өткерилмекте

1 май 2023 йил
image

Пайтахтымыздағы 25-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде коррупцияға байланыслы жағдайлардың алдын алыўға бағышланған илаж болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў комплеанс қадағалаўын әмелге асырыў бойынша бас қәнигеси Ш.Бабаназарова министрликтиң бас юристи С.Атамуратовлар қатнасты.

Илажда жоқарыда аты аталған мийманлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында жүргизилип атырған жумыслар ҳәм коррупцияның унамсыз ақыбетлерине тоқтап өтти. Буннан соң, мәжилис қатнасыўшылары да шығып сөйлеп, жәмийетимизге жат болған бул унамсыз иллеттен аўлақ болыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Коррупция ҳәр қандай жәмийеттиң социаллық-экономикалық, мәнаўий турмысына қәўип салатуғын, әсиресе, билимлендириў сапасының төменлеўине, усы тараўдыӊ раўажланыўына тосқынлық ететуғын иллет есапланады. Бул иллетке қарсы гүресиў бәрқулла әҳмийетли мәселелерден болып келген.

Илажда коррупцияға қарсы илажлардың турақлы түрде өткерилиўи зәрүр екенлиги, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўдиң әҳмийети атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm