Янгиликлар
Ҳаял-қызларға 7 жылға процентсиз тәлим кредити бериледи
26 апрель 2023 йилЖоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириўде билим алыўшы ҳаял-қызларға 7 жылға 14 проценттен кредит ажыратылады. Бунда процент ставкаларын Финанс министрлигиниң фонды қаплап береди. Ҳаял-қызлар болса, тийкарғы қарызды оқыўды жуўмақлағаннан соң 7 жыл даўамында төлейди.
"Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент қарарына (https://uza.uz/uz/posts/oliy-orta-maxsus-va-professional-talim-tashkilotlarida-xotin-qizlarning-talim-olishlarini-qollab-quvvatlashga-doir-chora-tadbirlar-togrisida_390943) тийкар 2022/2023-оқыў жылынан баслап барлық жеке меншик, сырт ел ҳәм мәмлекетлик жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде күндизги, сыртқы ҳәм кешки тәлим формасында ҳаял-қызлардың төлемли-контракт тийкарында оқыўы ушын жеңиллетилген шәртлерде тәлим кредитлерин мәмлекет бюджетинен ажыратыўдың жаңа системасы енгизиледи.
Коммерциялық банклер Финанс министрлиги тәрепинен жайластырылған депозит қаржылары есабынан тәлим кредитлерин 7 жыл мүддетке 14 процент ставкада ажыратады. Бунда кредиттиң пайыз ставкаларын сөндириў Финанс министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў фонды қаржылары есабынан, оларды коммерциялық банклерге төлеў арқалы әмелге асырылады.