Янгиликлар
КЕЛЕШЕГИНЕН ҮМИТ КҮТТИРЕТУҒЫН ЖАС СПОРТШЫЛАР
25 март 2023 йилСпорт инсанлардыӊ саламат турмыс кешириўинде әҳмийетли орын тутады. Сондай-ақ, ҳешбир нәрсе мәмлекетти спорт киби дүньяға тез таныта алмайды. Буны жақсы түсинген республикамызда ѳсип киятырған жас әўладтыӊ ҳәр қыйлы спорт түрлери менен шуғылланыўлары ушын кеӊ имканиятлар жаратылып берилмекте.
Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 24-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң оқыӯшылары спорттыӊ бир неше түрлери бойынша жақсы нәтийжелерди қолға киргизип, тәжирийбели тренерлер басшылығында шынығыўлар алып бармақта.
Усындай жас спортшыларымыздың бири Дилфуза Ибраймова усы мектептиң 10-класс оқыӯшысы. Ол бир неше жылдан берли спорттың гандбол түри менен тренери Султамуратов Максеттиң басшылығында турақлы түрде шуғылланып келмекте. Дилфуза спорттың гандбол түри бойынша Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилген жарысларда сондай-ақ, «Үмит нәлшелери» спорт жарысларында да үлкен жетискенликлерди қолға киргизип келмекте.
Соны айрықша атап өтиӯ орынлы, 2023-жыл Пакистан мәмлекетиниң Файсалабад қаласында гандбол бойынша 2006-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы қызлар командалары арасында өткерилген “IHF Trophy – Central Asia Zone III” (IHF Кубоги – Орайлық Азия III регионы) жарысында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Дилфуза сыйлы биринши орынды ийеледи.
Барлық ушырасыўларда жеңиске ерискен гандболшы қызларымыз жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен алтын медальлар, кубок ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
Дүнья жүзинде ғалаба ен жайып, елимизде де мыңлаған жасларды қамтып алып атырған және бир спорт түрлеринен бири – каратэ болып табылады. Елимизде бул спорт түри менен шуғылланып, жәҳән кубоги ҳәм Азия чемпионатларында Өзбекстан байрағын шыңларға көтерип атырған жаслардың саны күннен-күнге артып баратырғаны қуўанышлы. Солардың қатарынан Жасмина Жалғасбаеваныңның да мүнәсип орын ийелейтуғынына устазларының исеними жоқары. Ол да усы мектептиң 10-класс оқыӯшысы. Бир неше жылдан берли Жасмина спорттың каратэ WKF түри бойынша шуғылланып келмекте. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген Каратэ-до кубоги турнирлеринде бир неше мәрте қатнасып, сыйлы орынларды қолға киргизди.
-Мектебимиз тәрбияланыўшылары тек Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан кѳлеминдеги жарысларда емес, ал Азия ҳәм Жәҳән чемпионатларына да белсене қатнасып келмекте. Бул оқыӯшы қызларымыз өз теңлеслерине үлги болып, мектеп жәмәәтине айрықша күш-жигер бағышлап, мектебимиздиң мақтанышлары болып келмекте,-дейди бизге класс басшысы Дилфуза Жоллыбекова.
Шынында да мектеп турмысы менен танысар екенбиз, жас спортшылардыӊ жетискенликлерин кѳрип, олардыӊ ертеӊги күнге деген исениминиӊ күшли екенлигин аӊлағандай болдық.