Янгиликлар
КОРРУПЦИЯFА ҚАРСЫ СИСТЕМАЛЫ ТҮРДЕ ГҮРЕСЕМИЗ
17 март 2023 йилХожели районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 35-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, оның мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған семинар-тренинг болып өтти.
Илажға районлық халық билимлендириӯ бөлими хызметкерлери, мектеп директорлары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў»ды әмлеге асырыӯ бойынша бас қәнигеси Ш.Бабаназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде коррупцияға қарсы гүресиў, бул бағдарда халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жәмийетте коррупцияға жек көриўшилик қатнас жасаўды қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, елимиздиң экономикасын буннан былай да беккемлеў, инвестициялық орталықты тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыўда Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди. Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслери, районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслериниң қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссиялары шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингде усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў, оған қарсы гүресиўде жәмийетшиликтиң ҳуқықый билимин жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Сондай-ақ, халық билимлендириў тараӯын коррупциясыз тараўға айландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.