Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Коррупцияның алдын алыў мәселелери додаланды

13 март 2023 йил
image

Коррупция жер жүзлик көлемде шешилиўи тийис болған глобал машқалалардыӊ бирине айланды, десек қәтелеспеген боламыз. Усы иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиӊ сиясий-экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына салмақлы дәрежеде унамсыз тәсирин көрсетип, инсан хукықлары ҳәм еркинликлериниӊ аяқ-асты болыўына алып келмекте. Сол себепли оған қарсы гүресиў яки алдын алыў халық аралық көлемде әмелге асырылыўы тийис болып ҳәм ол дүнья сиясатыныӊ еӊ белгили мәселелери қатарынан орын алған. Бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў яки оныӊ алдын алыў турақлы түрде әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланды.

Усы мүнәсибет пенен усы жыл 13-март күни Тақыятас районы халық билимлендириӯ бөлиминге қараслы 7-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларға арналған үгит-нәсият илажы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў»ды әмлеге асырыӯ бойынша бас қәнигеси Ш.Бабаназарова, Бас юристконсульт С.Атамуратов, Тақыятас районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Х.Таӯмуратов, Тақыятас районы халық билимлендириӯ бөлими баслығы Қ.Бекбаулиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, халық билимлендириў тараӯын коррупциясыз тараўға айландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

Илажға районлық халық билимлендириӯ бөлими хызметкерлери, мектеп директорлары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Тақыятас районы халық билимлендириӯ бөлими баслығы Қ.Бекбаулиев басқарып  барды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў»ды әмлеге асырыӯ бойынша бас қәниге Ш.Бабаназарова өткерилип атырған илаждың мақсет ўазыйпалары ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм күн тәртибиндеги мәселе бойынша ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараӯда коррупцияның алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм оны сапластырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Илажда коррупцияға қарсы илажлардың турақлы түрде өткерилиўи зәрүр екенлиги, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўдиң әҳмийети атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm