Янгиликлар
Шайыр Зульфия дөретиўшилигине арналған әдебий кеше шөлкемлестирилди
1 март 2023 йилЕлимизге бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен шығыс ҳаял-қызларының ақыл-ойын, гөззалығын өз қәлеми арқалы дүньяға танытқан, инсаныйлық, меҳир-муҳаббат, Ўатан туйғысын жырлаған сүйикли шайырымыз, журналист, мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исроилованың туўылған күни кеңнен белгиленеди.
Улыўма билим бериў мектеплеринде 1-март Өзбекстан халық шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер Зульфия Исроилованың туўылғанына 108 жыл толыў мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилмекте.
Усындай илажлардыӊ бири Нөкис районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти.
Онда мектептиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Н.Бекмуратова кеше қатнасыўшыларын бәҳәрдиӊ кирип келиўи ҳәм халқымыздыӊ сүйикли шайыры Зульфияныӊ туўылған күни менен қутлықлап, шайырдыӊ елимиз әдебияты ҳәм ҳаял-қызлары турмысында тутқан орны туўралы кеӊ түрде айтып берди ҳәм де оқыӯшыларды кешеге келген мийманлар менен таныстырды.
Илажда "Зульфия" атындағы мәмлекетлик сыйлығының билимлендириў тараўы бойынша ийеси Айшолпан Оразымбетова, "Ниҳол"сыйлығының лауреаты, «Шухрат» медаль ийеси, «Мәденият ҳәм көркем-өнер пидәйысы» көкирек белгиси ийеси Лола Мухамаддиновалар қатнасты.
Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен шайырдың дөретиўшилик жолы, оның өзбек әдебиятында тутқан орны, шайыр жазып қалдырған қосықлардың әҳмийетине кең түрде тоқтап өтилди.
Буннан соӊ мектеп оқыўшылары шайырдыӊ қосықларынан оқып, оныӊ өмири ҳәм басып өткен мийнет жолы бойынша таярланған сахналық көринис қойып берди. Көркем өнерге қызығыўшы оқыўшылар тәрепинен нама қосықлары айтылып, аяқ ойынлар атқарылды.