Янгиликлар
Оқыў-әмелий семинар өткерилди
22 февраль 2023 йилБүгинги күни билимлендириў системасына заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў ҳәм усы арқалы бул тараўды еле де раўажландырыў мәмлекетимиз алдында турған еӊ әҳмийетли мәселелердиӊ бири болып есапланады.
Сонлықтан соӊғы ўақытлары районлық Халық билимлендириӯ бөлимлери тәрепинен көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң әмелиятшы психологлары, районлық Халық билимлендириў бөлиминиң методист-психологи Р.Аяпова басшылығында "Шаңарақтағы зорлықшылық, ата-ана ҳәм перзент қарым-қатнасы" атамасында оқыў-әмелий семинары өткерилди.
Семинарда "Ата-ана ҳәм перзент" арасындағы мүнәсибетлер олардың бала өмирине тәсири ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.
Оқыў-әмелий семинар сораў-жуўап ҳәм пикир алыс түринде қызғын даўам етти.
Семинар жуўмағында қатнасыӯшылар мектепте шөлкемлестирилген "Кәсипке бағдарлаў ханасы"нда жаратылған шараятлар менен танысты.