Янгиликлар
Оқыӯшыны бир класстан басқа (параллел) классқа өткериӯ тәртибин билесиз бе?
21 февраль 2023 йилАта-аналар өзиниң қәлеўине бола, оқыў жылында ямаса ол тамамланғаннан соң перзентин бир класстан басқа (параллел) классқа өткериў ҳуқықына ийе.
Бунда ата-аналар перзентин бир класстан басқа классқа өткериӯ ушын оның себеплерин көрсетип мектеп директорының атына арза береди.
Арза 1 жумыс күнинде көрип шығылады ҳәм оқыӯшыны класстан классқа өткериӯ туӯралы бӯйрық шығарады.
Егер де класста оқыӯшылар саны нормадан (35 оқыӯшыдан) артық болғанда, директор оқыӯшыны класстан классқа өткериӯди бийкар етиӯи мүмкин. Бул туӯралы директор 3 күн ишинде ата-аналарға жазба түрде мәлим етиӯи керек.
Директордың оқыӯшыны класстан классқа өткериӯ туӯралы буйрығы қабыл етилген соң, 3 күн ишинде класс журналы ҳәм оқыӯшылар ҳәрекети дәптерине тийисли жазыӯ киритиледи.